• Виртуал қабыллаўха
  • Сайт картасы
  • Сайтқа кириў

Шавкат Мирзиёев ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Тақыятас районындағы «Мадад Ботир» фермер хожалығы атызларындағы ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди.

Усы хожалықтың жәми жер майданы 110 гектар болып, соның 60 гектарында пахта жетистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы егислик атызлар агротехникасындағы кемшиликлерди көрсетип, пахтаның писип жетилисиўин тезлестириў, зүрәәтке зүрәәтке қосыў бойынша өз усынысларын берди. Аўыл хожалығында илимнен кеңнен пайдаланыў, Қарақалпақстанның ықлымына сәйкес сортлар жаратыў зәрүрлигин атап өттти.