Нөкис қаласындағы барлық мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде Азиз ўатанласлар ҳәр күниңиз Наўрыз болсын! сүрени астында Наўрыз байрамы көтериңки рўхта күтип алынды. Сондай-ақ Нөкис қаласындағы жаслар орайында ҳәм «Истиқлол» дем алыў орайында шөлкемлестирилген байрам сейиллеринде мектепке шекемги билимлендириў мекемелери педагоглары ҳәм тәрбияланыўшылары қатнасында түрли көргизбелер шөлкемлестирилди, көргизбелерде миллийлигимизди сәўлелендириўши миллий кийим-кеншеклер ҳәм түрли буйымлар қойылды.
ҲӘР КҮНИҢИЗ НАЎРЫЗ БОЛСЫН! СҮРЕНИ АСТЫНДА НАЎРЫЗ БАЙРАМЫ КӨТЕРИҢКИ РЎХТА КҮТИП АЛЫНДЫ.
