Виртуальная приёмная












Код проверки : captcha

Ғалабалық оферта

 

Ҳүрметли пайдаланыўшы!

Сизге Қарақалпақстан Республикасы Уй-жай коммунал хызмет корсетиу министрлигине тиккелей электрон формада мүрәжатларды жоллаў имканияты усынылмақта. Соныӊ менен бирге, Сизиӊ жоллап атырған мүрәжатларыӊыз рәсмий статусқа ийе екенлигин еслетип өтемиз ҳәмде төмендегилерди есте сақлаўыӊызды сораймыз:

1. Физикалық шахс сыпатында мүрәжат жолласаӊыз атыңыз, фамилияӊыз, жасаў орныӊыз ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилиўи ҳәм мүрәжатыӊыз мазмуны баян етилиўи шәрт. Юридикалық шахс сыпатында мүрәжат жолласаӊыз, юридикалық шахстыӊ толық атамасы, оныӊ жайласқан орны (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилиўи ҳәм мүрәжатыӊыз мазмуны баян етилиўи шәрт.
2. Айрықша итибар бериӊ! Жала, сөгис сөзлер қолланылған ҳәм жалған мағлыўматтан ибарат мүрәжатларды усыныў мүмкин емес.
3. Сондай-ақ, төмендеги жағдайларда мүрәжатларыӊыз қабылланбайтуғынлығын еслетип өтемиз:
• әдепсиз мазмундағы мүрәжатлар (уятсыз ямаса сол сыяқлы сөгис сөзлер, қорқытыўға урыныў, мазмун ҳәм мәниси болмаған усыныслар ҳәм мүрәжатлар);
• мүрәжат текстинде түсиниксиз қысқартыўлар яки реклама материаллары болса, қурамында анық арзалар, шағымлар болмаған мүрәжатлар;
4. Сондай-ақ, пайдалыныўшы бир неше рет бир мәселе бойынша тийкарлы жуўап берилген мүрәжатты қайта жолласа (егер мүрәжатта таза аргументлер ҳәм жағдайлар келтирилмеген болса), онда оныӊ мүрәжаты көрип шығылмайды. Жоқарыда келтирилген шәртлердиӊ барлығы Өзбекистан Республикасыныӊ ҳәрекеттеги нызамшылығына тийкарланып белгиленген.

Мүрәжатыӊыз нәтийжесин тексерип қөриӊ



Код проверки : captcha